Бүгин күндизги ўақытта жаўын, айырым жерлерде күшли болады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Бухара, Наўайы ўәлаятларында азанда айырым жерлерге жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ферғана ойпатлығы аймақлары бойынша жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде самалдың тезлиги 25-28 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин. Температура 15-20°.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын, айырым жерлерде күшли болады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Бәлент таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.