Бүгин күндиз айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин, тек ғана Ташкент, Сырдәрья ўәлаятларында ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 9-14м/с. Ҳаўаның температурасы 20-25гр жыллы, айырым жерлерде 26-28гр жыллы.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, гүлдирмама болғанда 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.