"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.

Таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, бәлент таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар), думан түсиўи мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.