Бүгин күндиз айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ташкент, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 25-30° жыллы.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 5-10 м/с. Ҳаўаның температурасы 27-29° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.