Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады. Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбина қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген. “Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежеледи, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтиледи.Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 млн.долларлық және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады. Жойбардың қурылыс жумысларында 200 ден аслам жергиликли пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген ҳәм иске түсирилгеннен кейин ҳәр жылы 794 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлық самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбары әмелге асырылыўы да белгиленген. Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс майданында әмелге асырылып атырған жумыслар, қурылысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм бул мега жойбарлардың иске түсирилиўи ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықта итибарының нәтийжеси екенлигин атап өтти. Өз нәўбетинде, нураныйларымыз, бурын болмаған бул жаңа жойбардың турмысқа енгизилиўинде қол-қанат болып атырған мәмлекетимиз басшысынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди. Онда республикамыздың мийнет алдынғылары, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер, нураныйлар қатнасты. Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады. Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбина қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген. “Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбиий газ жумсалыўы тежеледи, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы кемейтиледи.Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 млн.долларлық және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады. Жойбардың қурылыс жумысларында 200 ден аслам жергиликли пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген ҳәм иске түсирилгеннен кейин ҳәр жылы 794 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлық самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбары әмелге асырылыўы да белгиленген. Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс майданында әмелге асырылып атырған жумыслар, қурылысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм бул мега жойбарлардың иске түсирилиўи ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықта итибарының нәтийжеси екенлигин атап өтти. Өз нәўбетинде, нураныйларымыз, бурын болмаған бул жаңа жойбардың турмысқа енгизилиўинде қол-қанат болып атырған мәмлекетимиз басшысынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.
Қарақалпақстанда дәслепки самал электр станциясы турбиналары бой тикледи
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди. Онда республикамыздың мийнет алдынғылары, сиясий-жәмийетлик ғайраткерлер, нураныйлар қатнасты.
Өзбекстан глобал күн тәртибинде сөйлесиў, ашық-айдынлық ҳәм инсан қәдири тәрепдары
- Аичи-Нагоя-2026: Жасурбек Жайсунов делегациямызға 20-алтын медальды инам етти!
- Страсбургта полиция демонстрацияларға қарсы көзден жас ағызыўшы газ қоллады
- Жер жүзи халқының 40 проценти қәўипли озон менен дем алады
- Магистр ҳаял-қызлар контракт төлемин мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў бойынша арза бериў мүддети создырылды
- Мәмлекетимиздиң таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел келиўи қәўпи жәрияланды
Педагоглардың перзентлерине мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында оқыў ушын 30 процент шегирме бериледи
- Өзбекстан турақлы интернет тезлиги бойынша ҒМДА мәмлекетлери арасында биринши орында турады
- Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлери айрықша стратегиялық шерикликти жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады
- Өзбекстан-Корея шериклигин беккемлеўге қаратылған салмақлы ҳүжжетлер қабыл етилди
- Өзбекстан Президенти Корея Республикасындағы ўатанласлар менен ушырасты
- Өзбекстан Президенти «Shinhan Financial Group» баслығы менен ушырасты