Әсиресе, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж балаларды ҳәр тәреплеме қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында дыққатқа ылайықлы ислер әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, ҳәр жылы мәмлекетимизде жаңа жыл байрамы алдында Президентимиз тәрепинен бағыўшысын жоғалтқан шаңарақ балаларына байрам саўғаларын тапсырыў дәстүрге айланғанын айтып өтиўимиз орынлы.
Усындай байрам илажы Қараөзек районында өткерилип, онда район ҳәкими Анвар Баймуратов балаларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.
Илажда Президентимиздиң балаларға болған айрықша ғамқорлығына тоқталып, быйылғы жыл жасларымыз турмысында үлкен жаңаланыўлар, жетискенликлер менен жуўмақланып атырғанлығын атап өтти ҳәм район аймағында жасаўшы бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың балаларына Президент саўғаларын тапсырылды.
Байрам кешесинде балаларға арналған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жас әўладлар қәлбинде умытылмас тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы