Мәмлекетимиздеги экономикалық реформалар тараў ҳәм тармақларда өз нәтийжелерин бермекте. Пүткил республикада технологиялық "секириў" бақланбақта. Атап айтқанда, усы жылдың бес айында санаат 6,4 процентке өскен, бул тараўда экспорт 6 миллиард доллардан артқан.
Онда Қашқадәрья санаатының үлеси үлкен. Қаршы қаласындағы “Alp texno servis” усындай экспортшы кәрханалардан бири. Баҳасы 10 миллион доллар болған бул жойбар электр техникасы бағдарында глобал жеткерип бериў шынжырында орын алған. Кәрхана сырт ел брендлери “TСL”, “HOFFMANN” ушын буйыртпалар таярлап бермекте. Сондай-ақ, жергиликли SMART брендине тийкар салынған. Усы атамалар астында жылына 500 мың данаға шекем телевизор ҳәм электрон платалар ислеп шығарылмақта.
Өнимлер жоқары технологиялық, сапасы ҳәм дизайны базар талабына сәйкес. Сол себепли 70 процент товарлар экспортқа бағдарланбақта. Өткен жылы 2 миллион доллардан аслам экспорт етилген. Быйылғы реже 10 миллион доллар.
Мәмлекетимиз басшысы бул тармақты буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.
- Бул тараўда тәжирийбе арттырдық, сыртқы базарға жол таптық. Енди бул кәрхананы кеңейтиў керек. Адамзат бар екен, бундай өнимлерге талап болады. Тек сапа ҳәм номенклатура бойынша өсиў, бәсекиге шыдамлы болыў зәрүр, - деди Шавкат Мирзиёев.
Және бир әҳмийетли ўазыйпа - локализациялаў. Ҳәзир кәрханада бул көрсеткиш 50 проценттен артқан. Келешекте 20 миллион долларлық және 4 жойбарды әмелге асырып, шаң жутқыш, электр шайнек, ҳаўа суўытқыш, вентильятор ислеп шығарыў режелестирилген. Булардың нәтийжесинде жылына 30 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.
Кәрханада 200 адам жумыс пенен тәмийинленген. Қаршы мәмлекетлик техника университети менен дуал билимлендириў жолға қойылған.