Қарарға бола, 2025-жыл 1-майдан устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған банклерге ҳәм олардың жанындағы инвестициялық компанияларға аукционда сатылмастан қарыздарлықларды төлеў есесине банк балансына алынған мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға, соның ишинде, кредит, бөлип-бөлип төлеў, лизинг шәртнамалары ямаса нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да келисимлер арқалы сатыўға рухсат бериледи.
Коммерциялық банклерге қарыздарлықларды сөндириў есабынан банк балансына қабыл етилген имарат-объектлер, технологиялық үскенелер ҳәм басқа да мүлклер тийкарында коммерциялық банклер жанындағы инвестициялық компаниялар арқалы тоқтап қалған өндирис (хызмет көрсетиў) жумысын тиклеп, оларды таяр бизнес сыпатында потенциаллы инвесторларға сатыў ҳуқықы бериледи.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап даўа арзасы бойынша исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыў ушын даўаның максимал баҳасы юридикалық тәреплерге БЕМның 150 есесине шекем, жеке тәртиптеги исбилерменлерге БЕМның 100 есесине шекем, физикалық тәреплерге БЕМның 50 есесине шекем арттырылады.