Қашқадәрьяда ғарбыз экспорты басланды

    Бизнес 21 мамыр 2025 1511

    Қашқадәрья ўәлаятының Көкдала районында быйыл ғарбызлар әдеттегиден бурын писип жетилисти ҳәм Қазақстан, Қырғызстан және Россия мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

    Атап өтилиўинше, усы жылы районда ғарбыз егетуғын жер майданы 22 мың гектарға жеткерилди ҳәм соннан 10 мың гектарына "Долби" сортлы ғарбыз егилди.

    Бул сорт суўсызлыққа ҳәм ыссыға шыдамлылығы, жоқары зүрәәтлилиги ҳәм экспортқа жарамлылығы менен ажыралып турады. Итибарлы тәрепи, бул сортлы ғарбызлар басқа сортларға қарағанда әдеўир ерте писеди.

    Мағлыўмат ушын, ҳәзирге шекем Қашқадәрья ўәлаятынан дизимнен өткен шөлкемлер тәрепинен 2000 тоннаға шамалас ғарбыз "экспорт" бажыхана режимине рәсмийлестирилген.