Наўрыз болса усы мәўсимде жағымлы, ыссы күнлер әтирапында улыўма халықлық байрам сыпатында кеңнен белгиленеди. Халқымыздың бурынғы үрп-әдетлери, миллий дәстүрлери жанланады, жаңаша көриниске ийе болады. Усы тәризде әзелий қәдириятларымыз келешек әўладлардың санасына сиңип барады.

Наўрыз әййемги тарийхқа ийе байрам. Халқымыз бул күнди белгилеўге айрықша таярлық көрген. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 21-февральдағы "2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарары да ўатанласларымыз асығып күткен ояныў мәўсиминиң тийкарғы қуўанышы көтериңки руўхта белгиленетуғынынан дәрек береди.

Әсирлер даўамында қәдирленип киятырған, БМШ тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған Наўрызды мәмлекетимиздеги үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар процесине үнлес тәризде жоқары дәрежеде өткериўге ҳәр қашанғыдан да айрықша руўхта таярлық баслап жиберилди.

Қарарда усы әййямның руўхы ҳәм философиясында жәмленген барлықты қәстерлеп-сақлап, бәрқулла оның менен үнлес болып жасаў, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, дөретиўшилик, кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы жоқары идеялар бүгин және де терең мазмун ҳәм әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилген.

Наўрыз - кеңпейиллик байрамы. Оны мәмлекетимиздеги 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бирдей үлкен қуўаныш пенен белгилейди. Бул бәҳәрги байрам өзбектиң өзлигин, кеңпейиллиги ҳәм миймандослығын, қулласы, барлық адамгершилик пазыйлетлерин жәмлеген.

Өткен жылы Президентимиз Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, "Наўрыздың философиясы бизиң арзыў-нийетлеримиз, әмелий ислеримиз бенен үзликсиз байланысып кеткенин бүгин ҳәр қәдемде айқын көриў мүмкин. "Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!" деген ийгиликли идея әтирапында бирлескен халқымыздың уллы мийнети менен елимизде жаңадан-жаңа заманагөй кәрханалар, ықшам турақ жайлар, социаллық ҳәм мәдений объектлер, жол ҳәм көпирлер, бағ ҳәм парклер қурылмақта. Елимиздиң келбети күннен күнге абат ҳәм гөззал болып бармақта".

Елимизде халықтың мәплери ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, жәмийеттиң ҳеш бир ағзасын меҳир ҳәм итибардан шетте қалдырмаў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, жер ҳәм суў ресурсларынан, барлық тәбият байлықларынан ақылға уғрас пайдаланыў тийкарғы ўазыйпамызға айланбақта. Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика" жылында белгиленетуғын быйылғы Наўрыз байрамы сол себепли жаңаша руўх ҳәм мазмунға ийе болады.

- Уллы бабаларымыз Наўрыз байрамын жаңа жылдың басы, деп билип, мәўсимниң қалай кирип келиўи, қалай басланыўына қарап жыл даўамында дийқаншылық, шарўашылық, саўда ҳәм улыўма, турмыстың барлық тараўында жүз беретуғын ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында анық жуўмақларын жазып қалдырған, - дейди Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар устазы, филология илимлериниң докторы Муслиҳиддин Муҳиддинов. - Сол тийкарда "Солнома", "Наўрызнама", “Меърожнама” сыяқлы шығармалар жазылған. Негизинде бул байрам, бәринен бурын, дөретиўшилик ҳәм тынышлық байрамы болып есапланады. Оның ең әҳмийетли мәниси руўхый ҳәм мәдений турмыстағы тынышлық-татыўлық, мийрим-шәпәәт ҳәм адамгершилик идеясы, дослық ҳәм өз-ара жәрдемди беккемлеўдеги орны болып есапланады. Бүгин даналық пенен жүргизилип атырған социаллық сиясат байрам кейпиятын жеделлестирип атырған екен, әлбетте, түркий адамзаттың ҳәр түни қәдирли, ҳәр таңы үмитли, жаңалығы жаңа!

Бүгин елимизде үлкен таярлық. Қарарға бола, орынларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған барлық илажды миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз және бүгинги реформаларымыздың мәнис-мазмунына сәйкес түрде жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, ўатанласларымыздың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде айрықша итибар қаратылатуғын мәселелер белгилеп алынды.

Соның ишинде, байрам илажларын турмыстың ояныўы, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлеслик, ана жерге меҳир ҳәм итибарды билдиретуғын, ўатанласларымызды бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысымызды қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға шақыратуғын тәсиршең мазмун ҳәм түр менен өткериўге әҳмийет қаратылады. Сондай-ақ, мәмлекетимиздеги түпкиликли демократиялық реформалар, халқымыздың күнделикли турмысы, санасы ҳәм дүньяқарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер Наўрыздың адамгершилик ҳәм инклюзивлик мәнисине, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлерге үнлес екени салтанатлардың мазмунын белгилеп береди.

Белгиленгениндей, быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан айында белгилениўин есапқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, "Меҳрибанлық", "Сақаўат" ҳәм "Мүриўбет" үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, олар ушын байрам дастурханын жайыў және ҳәр қыйлы қайырқомлық илажларын өткериў айрықша итибар орайында болады.

Ең тийкарғысы, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында белгиленген илажлар әмелге асырылып, байрам алдынан барлық аймақта, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акциялары, улыўмахалықлық шембиликлер өткериледи.

Демек, бәҳәрдиң тийкарғы байрамы елимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында кеңнен белгиленеди. Оның ҳәр қашанғыдай жоқары дәрежеде өтиўи бәршемизден жуўапкершилик ҳәм тийислиликти талап етеди.

Нодир МАҲМУДОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы