Қырғызстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Жетекшилер Өзбекстан-Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.
Өз-ара саўда көлеми жедел артпақта, санаат кооперациясы жойбарлары, соның ишинде, Биргеликтеги қор шеңберинде әмелге асырылмақта. "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭСин қурыў сыяқлы ири регионаллық инфраструктуралық жойбарлар бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Президентлер болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси ҳәм күн тәртиби бойынша да пикир алысты.









