– Ҳәр бир жастың бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилмегенше, бүгингидей ашық сәўбетлеримиз даўам етеди, – дейди Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қәўендерликке алынған 20 жастың бәнтлиги мәселесинде ҳәр бири менен жақыннан сәўбетлесип, олардың қызығыўшылығы ҳәм қәнигеликлерине бола жумысқа орналастырыў мәселесинде пикирлерин тыңлады ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мәлим мүддетлер белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.