Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақлары тапсырмалары бойынша 15-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеўде "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийетине "Қоңырат темир жол вокзалы" имаратын жаңадан қурыў ўазыйпасы жүклен еди.
Қысқа дәўир ишинде " Тоштемирйўллойиҳа" ЖШЖ қәнигелери менен биргеликте заманагөй қала қурылысы ҳәм архитектура талапларына муўапық, Қоңырат темир жол вокзалы имаратының жойбары ислеп шығылып, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ тәрепинен табыслы әмелге асырылды.
Жәмийеттиң өз қаржылары есабынан 12,5 миллиард сум жумсалып қурылған бул заманагөй темир жол вокзалы бүгин пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ Бас инженери - Бас менеджери Шарофитдин Қодиров, сондай-ақ, Қоңырат районының мийнет белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер, Президентимиздиң халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниң сапасын буннан былай да жақсылаў, темир жол системасында жолаўшыларға ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанын айрықша атап өтти.
- Қоңырат темир жол вокзалы өткен әсирдиң орталарында, яғный, 1955-жылы қурылған болып, бир ўақыттың өзинде 50 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болған. Улыўма пайдаланыўдағы майданы 460 м2 болған бул вокзалда жолаўшыларға сапалы сервис хызмети көрсетиў имканияты жоқ еди, - дейди Қоңырат темир жол вокзалының баслығы Камалатдин Акимов. - Журтбасшымыздың басламалары менен ески вокзал орнында қурылған бул жаңа ҳәм заманагөй комплекстиң улыўма пайдаланыўдағы майданы 820 м2 ди қурап, 22 ханадан ибарат. Жаңа вокзалдың өзинде енди бир ўақыттың өзинде жәми 150 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты жаратылды. Бул болса алдынғыға қарағанда үш есе көп дегени.
Вокзал имаратының биринши қабатында темиржолшылар ҳәм ишки ислер хызметкерлериниң хызмет ханалары, күтиў залы, депутатлар ханасы, ана ҳәм бала ханасы, санитариялық қадағалаў, тез медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм аўыр наўқаслар ўақтынша дем алыў ханалары, буфет, саўда шақапшасы, ҳаял-қызлар, ер адамлар ҳәм майыплар ушын арнаўлы ҳәжетханалар жайласқан. Вокзалдың екинши қабатында болса, барлық қолайлықларға ийе, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген мийманхана ҳәм аўқатланыў ханасы бар. Мийманхана жәми 7 ханадан ибарат болып, 17 адамға хызмет көрсетеди.
Улыўма майданы 252 м2 болған өз алдына бөлек бир қабатлы билет сатыў кассасы да қурылды. Жолаўшылардың жаўын-шашынлы ямаса ыссы күнлерде пайдаланыўы ушын, улыўма майданы 277,2 м2 болған шертек те қурылды.
- Мен темир жол тараўында 28 жылдан берли ислеп келмектемен. Бирақ, бүгинги сыяқлы шараят шынында бурын улыўма болмаған, - дейди Қоңырат темир жол вокзалының нәўбешиси Аширбай Сейтжанов. - Тийкарынан биз Қоңырат-Ташкент, Қоңырат-Әндижан, Волгаград-Ташкент, Манғыстаў-Нөкис, сондай-ақ, Душанбе-Волгаград, Хожакент-Волгаград жөнелисиндеги жолаўшы поездларға хызмет көрсетемиз.
Жаңадан қурылған вокзалда буннан тысқары, қадағалаў өтиў пункти имараты, сондай-ақ, вокзал аймағында улыўма майданы 20 м2 болған ишимлик суўы менен тәмийинлейтуғын насос станциясы имараты да қурылған. Суўғарыў ушын ҳәм өртке қарсы суў резервуарларының қурылғаны, вокзал әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Тараўда заманагөй инфраструктура имаратлары ҳәм объектлерин қурыўда ерисилген жетискенлик, яғный, Қарақалпақстан Республикасы халқына үлгили хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў, жолаўшы ҳәм туристлерге қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде қурып питкерилген Қоңырат темир жол вокзалының пайдаланыўға тапсырылыўы жаңа жыл байрамы алдынан қарақалпақстанлы ўатанласларымызға, буннан тысқары, бул жерге келетуғын мийманларға үлкен байрам саўғасы болды.
Илажда шығып сөйлегенлер, елимизде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жаңа Өзбекстанның экономикалық потенциалын, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын мине усындай ийгиликли ислер, адамлардың аўырын жеңил, узағын жақын ететуғын саўаплы жумыслар және де көп ҳәм даўамлы болатуғынын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Минажатдин Қутлымуратов,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы