Қарақалпақстан Египеттен 660 миллион доллар инвестиция тартпақта

    27 мамыр 2025 1712

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегацияның Бирлескен Араб Әмирликлерине (БАӘ) әмелий сапары шеңберинде Өзбекстанның Египеттеги елшиханасының басламасы менен бул делегация ҳәм египетли исбилермен, "Bell Energy" компаниясының басқарма баслығы Хайсам Хусейн арасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

    Жоқары кейпият руўхында өткен сөйлесиўлерде тәреплер Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалын, оның экономикалық көрсеткишлерин, сондай-ақ, перспективалы халықаралық жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын додалады. Сондай-ақ, аймақтағы инвестициялық жойбарларда "Bell Energy" компаниясының қатнасыўы мәселеси көрип шығылды.

    Сөйлесиў жуўмағына бола, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм "Bell Energy" компаниясы, сондай-ақ, оның бизнес-бирге ислесиўшилери арасында улыўма баҳасы 660 миллион долларға тең өз-ара түсинисиў ҳаққында 5 меморандумға қол қойылды. Бул ҳүжжетлерде бир қатар жойбарлардың, атап айтқанда, нефть өнимлери ушын жер асты қоймаханаларының қурылысы, "Қайрақтас" алтын руда кәнинде қазыў жумыслары, шығындыдан энергия ислеп шығарыў, биоэталон ҳәм авиа жанылғы ислеп шығарыў ушын бамбук плантацияларын жаратыў, сондай-ақ, балалардың турмысының абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарлардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

    Қол қойылған ҳүжжетлердиң әмелге асырылыўы ушын тәреплер ҳәр бир жойбар бойынша техникалық тәреплери ҳәм қаржы мәселелерин ислеп шығыў ҳәм муўапықластырып алыў бойынша келисип алды, деп хабар береди "Дунё" АА.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates