Ол баслықтың жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барады.

Ф.Нурмуҳаммедов буннан алдын Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигинде жуўапкершиликли лаўазымларда, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары лаўазымында ислеген.

Тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша секретариатының баслығы лаўазымында жумыс алып барған.