Қолыңыздағы смартфон қурылмасы мыңлап шақырым аралықтағы адам менен жүзлестире алады, узақ ўақыт көрмеген әзиз инсаныңыз бенен ушырастырады. Алдынлары әскерлер ата-анасын сағынған ўақытлары узыннан-узақ хатлар жазатуғын ямаса бир имканияты пайда болып, қоңыраў етип қояр еди. Ҳәзир болса, заман менен тең қадем атқан әскерлер ата-анасы менен видеобайланыс арқалы сәўбетлеспекте. Аўа, олар онлайн ушырасыў бахтына ериспекте.
Мине усындай ушырасыўлардан бири, Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында болып өтти. "Ўатанды сүйиўшилик айлығы" шеңберинде өткерилген телекөпирде Қарақалпақстан Республикасынан Самарқанд ўәлаятына әскерий хызметке жиберилген әскерлер ҳәм Самарқанд ўәлаятынан Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлерде жигитлик ўазыйпасын атқарып атырған жигитлердиң жақынлары менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.
"Әскер аналарын ҳүрметлеймиз!" атамасындағы илаж толқынландырыўшы ўақыярға бай болды. Ата-аналар перзентлери менен ушырасып, көзлеринде қуўаныш жаслары менен балаларына әўмет ҳәм табыслар тиледи. Әскерлер де енди кешеги ерке бала емес, ал үстиндеги әскерий липасына мүнәсип ҳақыйқый Ўатан улы екенлиги сөйлесиўлер даўамында сезилди.
Сол күнги ушырасыўда бир топар қарақалпақстанлы ата-аналар әскерий бөлим командириниң миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды, деп хабар береди Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.
Минажатдин Қутлымуратов,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.