Усы жыл 28-январьда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы делегация Қазақстан Республикасының Шымкент қаласына барды.
Сапар етиў даўамында делегациямыз ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасында өз-ара бирге ислесиў бойынша комиссияның төртинши мәжилисинде қатнасты.
Илажда соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте еки тәреплеме көп қырлы шерикликке байланыслы, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы кең көлемли мәселелер көрип шығылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Сенатлары арасындағы парламентлераралық комиссия жумысының нәтийжелилигин арттырыў, атап айтқанда, Комиссияның 5-мәжилисин өткериў ҳәм оның шеңберинде еки мәмлекет парламентлери арасында жаңа "жол картасы"на қол қойыў усынысы көрип шығылды.
Комиссияның 5-мәжилисин усы жылдың екинши ярым жыллығында Өзбекстанда өткериўге келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.