Тәреплер әмелдеги еки тәреплеме келисимлердиң орынланыўы ҳәм мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша гезектеги илажларды додалады.
Лазиз Қудратов Арман Шаккалиевтиң Өзбекстанға сапары шеңберинде болып өткен "Термиз" халықаралық саўда орайында Қазақстан өнимлери павильонының ашылыўын жоқары баҳалады ҳәм павильонның табыслы жумыс ислеўи және аўған исбилерменлери тәрепинен оған үлкен қызығыўшылық билдиретуғынына исеним билдирди.
Өз-ара товар алмасыў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. 2024-жылы азық-аўқат өнимлери, тоқымашылық, реңли металлар, химия өнимлери ҳәм пластмасса өнимлериниң экспорты көбейди ҳәм товар алмасыў көлеми дерлик 4,3 миллиард долларға жетти. Тәреплер өнимниң көлемин арттырыў, тосқынлықларды сапластырыў ҳәм өнимлерди өз-ара жеткерип бериў шараятларын жақсылаў бойынша комплексли илажларды қабыл етиўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Инвестициялық бирге ислесиў көлеми кеңейип бармақта. Өзбекстанда Қазақстан капиталының қатнасыўындағы 1042 кәрхана жумыс алып барады, олардың көпшилиги көтере ҳәм усақлап сатыў, IТ-хызметлери, қурылыс, қаржы ҳәм қамсызландырыў жумысы, көшпес мүлк пенен байланыслы операциялар менен шуғылланады. Ҳәзирги ўақытта Қазақстанда Өзбекстан инвестициясының қатнасыўындағы 4,5 мыңнан аслам компания дизимге алынған. Исбилерменлерди өз-ара тийкарда системалы қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў көлемин 2030-жылға шекем 10 миллиард долларға жеткериў Бағдарламасына қол қойды ҳәм 2025-жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан аймақлары басшыларының өз-ара сапарлары кестесин тастыйықлады, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.