Мәмлекетимиз басшысы жоқары сыйлықты тапсырып, Қазақстан Республикасы Президентиниң туўысқан халықларымыз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен жеке хызметлерин айрықша атап өтти.
Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли Өзбекстан - Қазақстан қатнасықлары мисли көрилмеген пәтке ийе болып, үлгили дәрежеге көтерилгени атап өтилди. Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар, бизнес, жәмийетшилик ҳәм жаслар бирге ислеспекте. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.
Товар алмасыў турақлы өсип бармақта. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм энергетика, транспорт тараўларында ири кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.
Қасым-Жомарт Тоқаевтың глобал көлемде тынышлық ҳәм турақлы раўажланыў идеяларын алға қойыў, сондай-ақ, регионымызда исеним, өз-ара түсинисиў ҳәм шериклик орталығын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.
Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқына жоқары сыйлық ушын миннетдаршылық билдирип, еки тәреплеме қатнасықларды дослық ҳәм аўқамласлық руўхында буннан былай да беккемлеўге исеним билдирди.









