Қазақстан Республикасы Президенти Самарқандқа келди

    Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев та "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде қатнасыў ушын Өзбекстанға жетип келди.

    Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

    Буннан соң, Қазақстан Республикасы Президенти сапар бағдарламасына муўапық гезектеги мәнзилге жөнеп кетти.

    Бул саммит күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылады.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates