баннер
10 Apr 2025
19:36

    Қазақ халқының белгили ойшылы Абай Қунанбай улының 180 жыллығына

    Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ халқының уллы шайыры, әдебий тил ҳәм жазба әдебиятының тийкарын салыўшысы, ағартыўшы, философ, композитор, аўдармашы ҳәм жәмийетлик ғайраткери Абай Қунанбай улының 180 жыллық юбилейине арналған «Абай руўхый ғәзийнесиниң түркий дүньясына тәсири» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференциясы болып өтти.

    Конференцияға Қазақстан, Әзербайжан, Түркия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, республикамыздағы алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, докторантлар ҳәм излениўшилер қатнасты.

    Мийманлар дәслеп институтта қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген Әжинияз музейинде болып, бул жердеги экспонатлар менен танысты.

    Халықаралық илаж шеңберинде илимпазлар қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа халықлар әдебиятының тығыз байланыслары, Абай Қунанбай улы дөретиўшилигиниң тек ғана қазақ халқы емес, соның менен бирге, түркий халықлар ҳәм дүнья әдебиятындағы тутқан орны, оның терең философиялық, гуманистлик ой-пикирлери, көзқараслары, шығармаларының дүнья халықлары әдебиятында үйренилиўи, оларды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў сыяқлы мәселелер бойынша баянатлар жасады. Өз ара пикир алмасты.

    Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech