Тәреплер 2025-жыл 28-апрельден 6-майға шекем Қарақалпақстанға сапарын режелестирип атырған Al-Amal халықаралық хирургиялық топарының (HOPE) гуманитарлық миссиясына таярлықты додалады.
Сондай-ақ, Өзбекстандағы перспективалы жойбарлар, соның ишинде, Ташкент қаласында жетим балалар ушын мектеп ямаса кекселер емлеўханасын қурыў, зәрүр социаллық инфраструктураға ийе "киши аўыл" үлгисин жаратыў мәселелери додаланды.
Ал-Зафирий еки мәмлекет арасында социаллық жойбарлар тараўында жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады, деп хабар бермекте Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.