Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бағдарында түсиник жумыслары Республикамыз бойлап жедел алып барылмақта.
Бундай илажлар Беруний районында да әмелге асырылмақта. Район ҳәкими И.Хидиров ҳәм Өзбекстан Республикасы ИИМ академиясының үлкен оқытыўшысы, майор Т.Машарипов райондағы қызыл категориядағы мәҳәллелер менен сәўбет өткерди. Аймақларды үйрениў ҳәм анализлеў бағдарында келисип алынды.
Беруний районындағы Абай аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Туран мәҳәллесинде «мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы ҳәм қарарға муўапық орынланыўы керек болған жумыслар бойынша үйрениў ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылды. Жуўапкерлерге усы бағдар бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.