Энергетика қәўипсизлигин ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Соннан келип шығып, газ тараўында өнимдарлықты арттырыў, заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм геологиялық-излеў жумысларын күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Презентацияда "Өзбекнефтгаз" акционерлик жәмийетиниң тийкарғы ўазыйпасы тәбийғый газ резервин ҳәм оны қазып шығарыў көлемин арттырыў екени атап өтилди. Компания тәрепинен усы жылы күнлик газ қазып алыў көлемин 66 миллион куб метрден 70 миллион куб метрге жеткериў ҳәм кеминде 25,4 миллиард куб метр газ ислеп шығарыў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бар имканиятларды иске қосыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Газ резервин көбейтиў мақсетинде жаңа перспективалы инвестициялық блокларды қәлиплестириў, инвесторларға берилген айырым майданларда жумысларды жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Нефть ислеп шығарыў қуўатлықлары ҳәзирги ўақытта 70 процентке иске қосылғаны, өним 50 процент арзан экспорт етилип атырғаны көрсетип өтилди. Нефттен полимер өним ислеп шығарыў қосымша қунды 6 есеге арттырыў имканиятын беретуғынын есапқа алып, бар қуўатлықларды толық иске қосыў илажларын көриў бойынша тапсырма берилди.
Буннан тысқары, "Өзбекнефтгаз"дың финанслық жағдайын жақсылаў илажлары көрип шығылды.
Мәжилисте нефть-газ тараўындағы талан-таражлық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Коррупция қәўип-қәтерлериниң алдын алыў мақсетинде компания структурасында өз алдына баслық орынбасары лаўазымы енгизилди, комплаенс ҳәм ишки коррупцияға қарсы қадағалаў хызмети шөлкемлестирилди. Тараўда нызам бузылыў жағдайларын жедел анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша нәтийжели система қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.
Президент жуўапкерлерге нефть-газ тараўында трансформацияны тереңлестириў, газ резерви ҳәм қазып алыў көлемин арттырыў, финанслық тәртипти күшейтиў бойынша тийисли тапсырмалар берди.