Статистика тараўындағы жумыслардың барысы ҳәм келеси режелер көрип шығылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң есабаты менен танысты.

    Усы жылдың февраль айында "Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў системасын жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында" Президент пәрманы қабыл етилген еди. Ҳүжжетке муўапық, Президент жанындағы Статистика агентлиги Миллий статистика комитетине айландырылды ҳәм статистикалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленди.

    Мәжилисте өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар көрип шығылды.

    Атап айтқанда, уйымлараралық мағлыўмат алмасыўды кеңейтиў ҳәм интеграцияны енгизиў есабынан хожалық жүргизиўши субъектлердиң есабат жүклемеси 27 процентке қысқарды. Салық уйымларының онлайн касса мағлыўматлары, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў, егислик майданлары ҳәм аўыл хожалығы өнимдарлығы ҳаққындағы мағлыўматларды автоматикалық түрде қабыллаў жолға қойылған.

    Жалпы ишки өнимниң номинал көлемин есаплаўды жетилистириў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

    Статистика базар хызметлери, қурылыс, аўыл хожалығы, санаат ҳәм бюджет қәрежетлерин толық қамтып алғаны есабынан қосымша 81 триллион сум қосымша қун есапқа алынды. Нәтийжеде 2024-жылдың жуўмағы бойынша жалпы ишки өним көлеми 115 миллиард доллардан 121,4 миллиард долларға жетти.

    Жасырын экономиканың үлеси 2017-жылдағы 50 проценттен 2024-жылы 35 процентке шекем қысқарды. Жақын келешекте және 79 триллион сумға шекемги расмий емес экономиканы статистикалық жақтан қамтып алып, оның үлесин 29 процентке түсириў имканияты бар.

    Президентимиз дүньяда электрон саўда көлеми жедел артып атырғанын атап өтти. Өзбекстанда да жоқары өсиў пәтлери күтилмекте - 9-11 процент. IТ-хызметлер, аралықтан хызметлер, фриланс ҳәм басқа да жаңа бағдарлар жедел раўажланбақта. Миллий статистика системасы алдында бул тараўларды да толық қамтып алыў ўазыйпасы тур.

    Тутыныў баҳалары индексин дүзиўде мағлыўматларды қолда жыйнаў әмелиятынан ўаз кешип, IТ-шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологияларына басқышпа-басқыш өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, миллий статистиканы халықаралық көлемде тән алынатуғын заманагөй системаға айландырыў мәселелери көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, “Deloitte” халықаралық консалтинг компаниясы тәрепинен 23 баслама ҳәм 70 жойбар ислеп шығылған. Оларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў статистикалық мағлыўматлардың анықлығы, нәтийжелилиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыўға хызмет етеди. Буннан тысқары, Жәҳән банки менен биргеликте Статистика тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыўдың миллий стратегиясы ислеп шығылмақта.

    Келеси жылы январьда басланатуғын халықты дизимге алыўға таярлық мәселелери додаланды.

    Бүгинги күнге шекем 9008 мәҳәллениң шөлкемлестириў режелери тастыйықланып, халықты дизимге алыўда қатнасып атырған 60 мыңнан аслам "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм жуўапкер хызметкерлер ушын арнаўлы оқыў курслары өткерилди.

    Халықты дизимге алыў электрон тәризде - арнаўлы портал арқалы өткериледи. Дизимнен өткериўши шахслар порталға мағлыўматларды планшет қурылмалары жәрдеминде үйме-үй жүрип жазып барады. Геомәлимлеме системасы арқалы процесс қадағалап барылады. Оның ушын дизимнен өткерилетуғын турақ жайлардың геолокациялары қәлиплестирилген.

    Мәмлекетимиз басшысына аймақларда бул жумыслардың таяр екенлиги ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Соның ишинде, санлы платформалардан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, сырт елге жумыс ислеў, оқыўға ямаса командировкаға кеткен пуқараларды дизимге алыў бойынша анық шешимлер ислеп шығыў, үйме-үй ҳәм онлайн сораў усылында топланған мағлыўматларды интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Анық, оператив ҳәм исенимли статистика мәмлекетлик сиясатты белгилеўде, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды әмелге асырыўда әҳмийетли фактор болатуғынын атап өтип, Президентимиз тараўды трансформациялаўды стратегиялық көзқарас тийкарында даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди.

    Жуўапкерлерге халықты ҳәм аўыл хожалығын хатлаўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates