Мыс санаат, энергетика, электротехника, санлы экономика ҳәм "жасыл" раўажланыў ушын стратегиялық шийки затқа айланбақта. Усы мүнәсибет пенен елимизде геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, бар резервлерди нәтийжели өзлестириў, шийки затты терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы жылдың март айында Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасының биринши басқышы иске қосылды. 196 гектар майданда "Ёшлик-1" кәнин өзлестириў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған бул жойбардың баҳасы 2,7 миллиард долларды қурайды. Фабрика толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң, жылына 60 миллион тоннаға шекем руданы қайта ислеў ҳәм 900 мың тоннаға шамалас мыс концентратын ислеп шығарыў имканияты пайда болады.

Презентацияда фабриканың кейинги нәўбетлерин иске қосыў, технологиялық процесслердиң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм режелестирилген қуўатлықларға өз ўақтында шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, майдалаў цехындағы шарлы дигирман ҳәм флотация линияларын толық қуўатлылыққа басқышпа-басқыш алып шығыўдың анық графиги белгиленген.

Усы жылдың ақырына шекем 3-мыс байытыў фабрикасында руданы қайта ислеў көлемин арттырып, барлық тийкарғы технологиялық шынжырларды толық иске қосыў ҳәм өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

3-мыс байытыў фабрикасы толық иске қосылғаннан соң, комбинатта мыс концентратын ислеп шығарыўдың күнлик көлеми 2,4 мың тоннадан 5 мың тоннаға артыўы күтилмекте. Заманагөй технологияларды енгизиў энергия жумсалыўын ҳәм өзине түсер баҳасын азайтыў, мийнет өнимдарлығын арттырыў имканиятын береди.

Презентацияда 4-мыс байытыў фабрикасының жойбарын ислеп шығыўды жеделлестириў мәселеси де көрип шығылды.

Бүгинги күнде жойбар шеңберинде базалық инжиниринг ҳүжжетлери таярланбақта, қурылыс майданында жер жумыслары ҳәм геологиялық бураўлаў жумыслары алып барылмақта.

Бул жойбарда 3-фабрика тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, технологиялық шешимлерди оптималластырыў, энергия ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратылған.

Сондай-ақ, халықаралық инжиниринг компаниялары менен биргеликте гравитация, флотация, концентратты кептириў ҳәм қалдықларды қойыўластырыў, технологиялық шынжырларын жетилистириў, сырт ел қаржы институтларынан қаржы тартыў ушын жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын таярлаў илажлары белгиленген.

Жуўапкерлерге 4-мыс байытыў фабрикасы ушын зәрүр жер майданларын ажыратыў, қурылыс майданында таярлық жумысларын даўам еттириў, базалық инжиниринг ҳүжжетлерин белгиленген мүддетлерде жуўмақлаў ҳәм жойбарды басқышпа-басқыш иске қосыў режесин анықластырыў бойынша тапсырмалар берилди.