Бул аймақ Бесқорған ҳәм Тырсакабад мәҳәллелери аймағында жайласқан болып, 320 гектар майданды ийелеген. Киши санаат зонасы статусындағы бул комплекс Президенттиң 2023-жыл 3-июльдеги қарары тийкарында шөлкемлестирилген. Оған муўапық, транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм жол инфраструктурасының жақсыланғаны санаат ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына тийкар жаратты.
Бул жерде халықаралық стандартларға муўапық энергия үнемлейтуғын, экологиялық қәўипсиз өндирис қуўатлықлары қурылды. Ҳәзирги күнде бундай кәрханалардың саны 531 ге жетти. Оларда жаратылған жумыс орынларының саны болса 20 мыңға шамаласты. Жыллық өндирис потенциалы да аз емес - 6 триллион 800 миллион сум. Усы жылы аймақтағы 50 кәрханада 180 миллион долларлық өним экспорт етиледи. Бурын Чиланзарда ҳеш қашан бундай көрсеткишлер болмаған.
Мәмлекетимиз басшысы усы аймақтағы " Tarleplast " кәрханасында болып, өндирис процесин көзден өткерди.
Бул жойбардың улыўма баҳасы 25 миллион доллар. Кәрханаға Европаның жетекши компанияларынан 12 түрдеги заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. Нәтийжеде бул жерде жылына 90 мың тонна темир қубыр ҳәм полат профиллер ислеп шығарыў имканияты жаратылды. Бул өнимлерди пулға есаплағанда 900 миллиард сум дегени. Кәрханада 120 ға шамалас адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди.
Әҳмийетлиси, жоқары басымға ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы қубырлар түри, көлеми ҳәм баҳасы бойынша бәсекиге шыдамлы. Буның тастыйығын өткен жылы 4 миллион долларлық өним Россия, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилгенде де көриў мүмкин. Енди сатыў географиясын және де кеңейтиў мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы усы индустриал аймақта ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбесин көзден өткерди. Жақын келешектеги санаат жойбарлары таныстырылды.
Соның ишинде, көп қабатлы өндирислик имарат ҳәм моноорай шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған. Буның нәтийжесинде аймақта және 100 жаңа жойбар әмелге асырылады, қосымша 3 мың жумыс орны жаратылады. Жойбарлар қурылыс, фармацевтика, электротехника, полиграфия, автомобиль қурылысы, тигиў-трикотаж ҳәм кондитерлик сыяқлы бағдарларды қамтып алған.
Президентимиз исбилерменлер менен сәўбетлести. Қосымша қунлы өнимлер таярлаў, жумыс орынларын көбейтиў ҳәм хызметлерди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.









