Илажға Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева, министрдиң биринши орынбасары А.Даўлетбаев, Қ.Исмаилов, министрликтиң бөлим баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда министр Г.Кожабаева сөзге шығып, өткен 2024-жыл даўамында билимлендириў тараўында әмелге асырылған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республиксы бойынша 1 874 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып , соннан 482 мәмлекетлик, 106 мәмлекетлик –жеке меншик шериклик тийкарында, 17 жеке меншик және 1 269 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплери жәми 772 болып, соннан 1 Президент мектеби, 1 дөретиўшилик мектеби, 18 қәнигелестирилген мектеп, 726 улыўма билим бериў мектеби және 8 жеке меншик мектеп ҳәм 18 Бәркамал әўлад балалар мектеби жумыс алып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң басламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде билимлендириў тараўында бир қатар реформалар әмелге асырылды. Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги делегациясы Англияның Кембридж университетине барып, халықаралық тән алынған Кембридж билимлендириў бағдарлмасын енгизиў бойынша меморандумға қол қойылды. Өзбекстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплери арасында биринши мәрте Нөкис қаласындағы 46-санлы мектепке халықаралық тән алынған Кембридж билимлендириў бағдарламасы тийкарында оқытыў системасы енгизилди. Улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары арасында Қарақалпақстан телеканалы менен биргеликте “Билимлер бәйгиси” интеллектуаллық телеойынын өткериў жолға қойылды. Жеңимпаз оқыўшылар Дубай қаласына тәлим сапарына жиберилди.
Өзбекстан Республикасы билимлендириў системасында биринши мәрте Әмиўдәрья районындағы барлық мектеплерде Қарақалпақстан тәжирийбеси сыпатында онлайн билимлендириў сапасының мониторинги өткерилди.
Билимлендириў сапасы төмен болған мектеплер менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Қарақалпақстан тәжирийбеси» сыпатында «Методикалық тур» жойбары шеңберинде республикалық семинар шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан билимлендириў системасында биринши мәрте Пән олимпиадасыныңӨзбекстан Республикасы басқышы Нөкис қаласында табыслы өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң kkbilimlendiriw.uz Билимлендириў платформасы министрлик жанындағы 85 резидентлери менен биргеликте иске қосылды. Пән олимпиадасының Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған оқыўшылар устазлары менен бирге Дубай қаласына билимлендириў сапарына жиберилди. Өзбекстан Республикасы билимлендириў системасында биринши мәрте «Қарақалпақстан тәжирийбеси» сыпатында «Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў күни» енгизилди. Жәмийетлик тәризде «Дөретиўши муғаллимлер олимпиадасы» шөлкемлестирилди. Улыўма билим бериў мектеплериндеги қәниге ҳәм екинши категориялы муғаллимлерди педагог кадрлар аттестациясына мәнзилли таярлаў системасы енгизилди.
Конференцияда быйылғы оқыў ушын министрлик тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслар, режелер ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен сораўлар берилип, жуўапкерлер тәрепинен тийисли жуўаплар алынды. Ушырасып атырған кемшиликлер, машқалалар ҳаққында сөз етилип, оларды сапластырыў бойынша пикирлер айтылып, алдағы ўақытлары бул мәселелер көрип шығылатуғынлығы атап өтилди. Соның менен бирге, жақын арада тараўда әмелге асырылыў алдында турған жаңалықлар ҳаққында да сөз етилди.
Тараўдың раўажланыўына қаратылған реформалар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.