Реформалардың нәтийжеси, Пресс-турлар арқалы айқын көзге тасланды

    16 наурыз 2025 72

    Соңғы ўақытлары мәмлекетимизде кең көлемли реформалар ҳәм әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, социаллық-экономикалық тараўдағы жетискенликлер ҳәм машқалалар ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў, соның менен бирге, ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында медиа-турлар шөлкемлестирилмекте.

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Елликқала районы ҳәкимлиги менен биргеликте Елликқала районында медиа-тур шөлкемлестирилди. Медиа-турлар шеңберинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери орынларда болып, мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардың нәтийжели орынланыўы менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, өз тараўында табысқа ерискен жаслар, спорт ҳәм қурылыс тараўындағы реформалар, сондай-ақ, жумыссыз жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи арқалы шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атырғаны үйренилди. Соның менен бирге, аймақларды абаданластырыў жумыслары ҳәм жәмийетшиликтиң олардағы белсене қатнасыўы да айрықша итибарға ылайық.

    Дәслеп, Пресс-тур қатнасыўшылары райондағы өзиниң қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, дәраматқа ийе болып атырған бир неше шаӊарақлар менен танысты. Районның «Чўпон» МПЖ аймағында Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында өз үйиндеги қыйтақ жеринен бағшылықты жолға қойған И.Нуримов ҳәм «Пахтачи» МПЖ аймағындағы пал ҳәррешилик, дийқаншылық пенен шуғылланып киятырған Х.Жуманиязовлар менен ушырасты.

    Медиа турдыӊ кейинги мәнзили «Чўпон» МПЖ аймағындағы жас ибилермен С.Алимов тәрепинен тийкар салынған ОК «MUSLIMBEK PAYPOQLARI» шулық ислеп шығаратуғын цехы болды. Бул жерде бир неше ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

    «Пахтачи» МПЖ аймағында Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында ижараға алынған жер майданлардыӊ 20 сотих жеринде М.Хаджибаев тәрепинен ыссыхана шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, усы мәҳәлледе жасайтуғын және бир жас дийқан А.Розметов қыйтақ жеринен лимон жетистириўди жолға қойған. Жас дийқан ыссыханада заманагөй тамшылатып суўғарыў технологиялары жәрдеминде мол өним алыўды нийет еткен.

    Күнниң екинши ярымында Пресс-тур қатнасыўшылары Елликқала районындағы «Сарабий» АПЖ аймағындағы «GRACEFUL MEBEL» ЖШЖ тәрепинен мебель ҳәм темир есик, дәрўаза ислеп шығарыў кәрханасы менен танысты. Кәрханада заманагөй технологиялар тийкарында ҳәр қыйлы өлшем ҳәм дизайндеги металл дәрўазалар ислеп шығарылады. Ҳәзирги ўақытта бул өнимлер ишки базарды толығы менен тәмийинлеп, халықтыӊ мүтәжлиги ушын хызмет етпекте.

    Мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған «Әҳмийетли бир айлық» илажы шеӊберинде Елликқала районында да абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары кең көлемде әмелге асырылмақта. Район ҳәкими В.Ниязимбетов, жасы үлкенлер, көше бийлериниӊ басшылығында бир неше аймақларда мийўели дарақлар егилип, әтирапы тазаланды.

    Бундай пресс-турлар орынлардағы жаңаланыўлар ҳәм реформаларды кең жәмийетшиликке жеткериўде әҳмийетли қурал болып хызмет етпекте. Ғалаба хабар қураллары арқалы халық реформалардың әмелий нәтийжелерин көрип, олар ҳаққында қалыс мағлыўмат алыў имканиятына ийе болмақта. Соның менен бирге, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды шешиўде бундай басламалар үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекет ҳәм жәмийетшилик арасындағы ашық-айдын пикирлесиўди тәмийинлеў, ҳәр бир тараўда раўажланыўға ерисиўде бундай илажлар үлкен роль атқармақта. Сол себепли, бундай пресс-турлар келешекте де республикамыз бойлап турақлы шөлкемлестирилип, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Азизбек Дабылов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўысы

    Автордыӊ түсирген сүўретлери.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates