баннер
24 Apr 2025
19:57

    Ҳәр бир аймақта реновация қорлары шөлкемлестириледи

    Президент Шавкат Мирзиёев 9-апрель күни қала қурылысы реновациясының ҳуқықый тийкарларын белгилеў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

    Кейинги сегиз жылда мәмлекетимиз халқы 6 миллионға көбейди. Усы дәўирде ярым миллионға шамалас шаңарақлар қурылды. Соның ишинде, өткен жылы 100 мың квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жай қурылған болса, быйыл және де көп - 130 мыңнан аслам квартира режелестирилген.

    Жақын жылларда халқымыздың саны 40 миллионға жетиўи күтилмекте. Бундай өсиўде жылына 140-150 мың шаңараққа талап пайда болады. Бул ҳәр жылы қосымша 2 мың гектар жер керек, дегени. Бирақ жер майданлары да шекленген.

    Бундай жағдайда реновация бағдарламасы қол келеди. Мәселен, республикада 17 мың 2-3 қабатлы ески жайлар бар. Олардағы шараят, орталық бүгинги заманға мүнәсип емес. Электр, газ, суў ҳәм басқа да инфраструктуралар ескирген, көплеринде ақаба тармағы да жоқ.

    Олардың орнында заманагөй турақ жайлар қурылса, ҳәзиргиден 3 есе көп халық жайласады. Тийкарғысы, хожалықларда жаңа коммуникация, ыссы ҳәм суўық суў, ақаба тармағы болады. Адамлар таза, ықшам ҳәм пайызлы шараятларда жасайды. Бул арқалы мыңлаған шаңарақлардың турмыс дәрежеси артады, әҳмийетлиси, олар бул шараятларды биринши мәрте өзлери өсип-өскен жерде сезе баслайды.

    Және бир әҳмийетли тәрепи - энергияны үнемлеў мәселеси. Турақ жайлар бир пүтин болса, инфраструктура тармақлары, энергия аз жумсалады.

    Ҳәзирге шекем бул бойынша бирден-бир ҳүжжет жоқ еди. Сонлықтан, сырт ел тәжирийбеси тийкарында, "Қала қурылысы реновациясы ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды.

    Презентацияда реновация системасының ҳуқықый, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик тәреплери көрип шығылды.

    Бундай бағдарламалар 3 басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта. Дәслеп, қала ҳәм районларда реновацияға сай аймақ таңланып, жойбар ислеп шығылады. Меншик ийелерине жаңа үй ямаса компенсациялар усыныс етиледи. Барлық мүлк ийелери менен келисимлер жеке тәртипте, нотариал тәртипте тастыйықланады. Жойбарлар ушын ҳәр бир аймақта реновация қорлары шөлкемлестириледи.

    Екинши басқышта реновация бағдарламасы аймақлық ҳәм республикалық кеңеслер тәрепинен көрип шығылып, қурылыс шөлкеми анықланады. Үшинши басқышта турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылады.

    Реновацияға түскен аймақтың экономикалық потенциалы да артады. Жаңа турақ жайлардың 1-2-қабатларында саўда, хызмет көрсетиў ҳәм киши өндирислер болады. Сондай-ақ, бул система арқалы 20 мың гектар жер үнемлениўи есап-санақ етилген.

    Атап айтқанда, биринши басқышта реновация тийкарында 20 мың квартира қурылысы мөлшерленген.

    Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарларды, бәринен бурын, сол жерде жасайтуғынлардың мәплерин есапқа алған ҳалда, системалы ҳәм әдил түрде әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мақсетте жуўапкерлер, район ҳәкимлери ҳәм олардың тийисли орынбасарлары реновация тәртип-қағыйдалары ҳәм жумысты дурыс шөлкемлестириў илажлары бойынша қосымша оқытылатуғыны айтылды.

    Реновация аймақларын инфраструктура менен тәмийинлеў, девелопер ҳәм қурылысшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech