Онда төлем тек ғана электрон түрде қабыл етиледи. Бул ҳаққындағы тийисли қарарға ўәлаят ҳәкими қол қойды.

Ҳүжжетке муўапық, Бухара қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте Бухара қаласында жумыс алып барып атырған барлық автобус жөнелислери ҳәм бәндиргилеринде электрон билетлер сатыў бойынша өзине-өзи хызмет көрсетиў автоматластырылған инфокиосклерди басқышпа-басқыш орнатыў илажларын көрсин.

Сондай-ақ, Бухара ўәлаяты Транспорт басқармасы тәрепинен қалалық жөнелислерде қатнайтуғын барлық автобуслардың валидаторлар менен үскенелениўин тәмийинлеў, АТТО автоматластырылған төлем системасы арқалы жол ҳақы төлениўин турақлы қадағалаўға алыў нәзерде тутылған.