Бул ҳәптелик даўамында 7 жастан 30 жасқа шекемги оқыўшылар, студентлер ҳәм жаслар елимиздиң туристлик ҳәм мәдений орынларына жеңиллетилген шәртлерде саяхат етиўи мүмкин болады.
Бағдарлама шеңберинде республика бойынша жайластырыў объектлери турақ жай ушын 20 процентке шекем шегирме береди.
Сондай-ақ, Мәдений мийрас агентлиги ҳәм "Вақф" қайырқомлық фонды қарамағындағы зыярат етиў орынлары ҳәм зыярат етиў орынларына барыўда жасларға 10 процентлик шегирме бериледи.
«Uzbekistan Airways» АЖ тәрепинен орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары оқыў орынларының оқыўшылары ҳәм студентлери ушын жергиликли авиақатнаўларда эконом-класс тарифлерине 50 процент шегирме бериледи. Жеңиллетилген рейслер 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем әмелге асырылады.
Сондай-ақ, "Жаслар туризми ҳәптелиги" шеңберинде республикамыз бойлап қысқы дем алысты мазмунлы өткериўге қаратылған бир қатар концерт-кеўилашар илажлар шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-ноябрьдеги "Театрлардың жәмийетлик мәдений турмыстағы ролин арттырыў ҳәм олардың жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-399-санлы қарарына муўапық, "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери"не киргизилген пуқаралар ҳәм майыплығы болған шахслар мәмлекетлик театрлардың спектакллерин бийпул тамашалаў имканиятына ийе болады.
Атап өтилиўинше, "Жаслар туризми ҳәптелиги" Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-апрельдеги "Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-232-санлы қарарына муўапық өткерилмекте.
Шөлкемлестириўшилер жасларды илажларда белсене қатнасыўға, Өзбекстанның туристлик имканиятларын өзлери ушын ашыўға шақырмақта.