Транспорт министрлигиниң мағлыўматына бола, қосымша рейслер Замин, Самарқанд, Жарқорған, Бухара, Қаракөл, Мирбазар, Наўайы, Жош, Нурата, Зармитан, Зарафшан, Хатирчи, Қызылтепа, Кенимех, Үшқудық, Қадан, Паяриқ, Шаҳрисабз, Қаршы, Ғузар, Шерабад, Термиз, Денов, Узын, Үргенш, Хийўа, Гүрлен, Төрткүл ҳәм Нөкис қалаларына әмелге асырылады.

Рейслер кестеси ҳәм билетлердиң баҳасын автовокзалдың социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери арқалы анықлаў, билетлерди автовокзал кассаларынан ямаса «UzBus» мобил қосымшасы арқалы онлайн сатып алыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефон: 71 207-87-00

Қосымша дем алыс күнлеринде жолаўшы ағымынан келип шығып, ишки туризм ҳәм аймақлараралық қатнаўларға болған талапты толық қанаатландырыў мақсетинде үзликсиз қосымша рейслер шөлкемлестириледи.

"Ташкент" автовокзалында транспортлардың жумысын қадағалаў ушын Транспорт министриниң биринши орынбасары басшылығында оператив штаб жумыс баслады.