Сапта теңсиз гвардияшылар: ең алдынғылар сайланды

    Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы системасында "Сап таярлығы бойынша ең алдынғы бөлим" таңлаўының республикалық басқышы өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

    Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" ийгиликли идеясы астында кеңнен белгиленбекте. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы системасында "Сап таярлығы бойынша ең алдынғы бөлим" таңлаўының жуўмақлаўшы, республикалық басқышы өткерилди. Онда гвардияшылар Қураллы Күшлердиң жаңаланған Сап уставы тийкарындағы жоқары шеберлигин көрсетти.

    Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасының усы жыл 14-февральдағы пәрманына тийкарланып Қураллы Күшлер ушын жаңа Сап режеси ислеп шығылған еди. Усы реже тийкарындағы "Сап таярлығы бойынша ең алдынғы бөлим" таңлаўы Қураллы Күшлер қурамындағы структуралар арасында биринши болып Миллий гвардияда шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Таңлаў үш басқышта - әскерий бөлимлер, аймақлық ҳәм республикалық көлемде өткерилди.

    Таңлаўды өткериўден мақсет - Миллий гвардия бөлимлериниң сап таярлығы бойынша әмелий көнликпелерин беккемлеў, саламат бәсеки орталығын раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм жеке қурамның қурал менен арнаўлы сап усылларын орынлаўда өзине исенимин арттырыўдан ибарат. Бул таңлаўды жылына еки мәрте - Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Ғәрезсизлик байрамы алдында өткериў белгиленген.

    Таңлаўдың республикалық басқышы Жәмийетлик қәўипсизлик университетинде болып өтти. Онда 11 команда жеке тәртипте қурал менен ҳәм қуралсыз сап усылларын көрсетиў, сап қосығын салтанатлы жырлаў, жаўынгерлик шақырық ҳәм қурал менен арнаўлы көргизбели шығыўлар шөлкемлестириў сыяқлы шәртлер бойынша өз-ара беллести.

    Соны айрықша атап өтиў керек, таңлаўдан гөзленген және бир әҳмийетли мақсет - келешекте онда "Мәртлик мектеплери" оқыўшыларының қатнасыўын тәмийинлеў арқалы жаслар арасында ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў, әскерий тараўға қызығыўшылықты арттырыў ҳәм өсип киятырған әўладтың руўхый потенциалын жоқарылатыўдан ибарат.

    Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы мәресим Ишки ислер министрлигиниң "Жар" спорт-саламатландырыў комплексинде болып өтти. Онда Миллий гвардия сәркардалығы, Қорғаныў ҳәм Ишки ислер министрликлери, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Жаслар ислери агентлигиниң басшылары, әскерий билимлендириў мәкемелериниң курсантлары, "Мәртлик мектеплери" оқыўшылары ҳәм жаслар қатнасты.

    Илажда мийманлардың итибарына гвардияшылардың көргизбели шығыўлары усынылды. Әскерий оркестрдиң музыкалық бағдарламасы, жаңа Сап режеси тийкарындағы шынығыўлар, әсиресе, гвардияшы қызлар жәмәәтиниң қурал менен шебер ҳәрекетлери ҳәм Ҳүрметли қараўыл батальонының үлгили шығыўы ҳәммеде үлкен тәсир қалдырды. Таңлаўда ҳаял-қыз әскерий хызметкерлердиң белсене қатнасыўы системада гендер теңлик мәселесине қаратылып атырған жоқары итибардың айқын үлгиси болды.

    Таңлаў жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти. Оған бола, 3-орын Миллий гвардияның Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармаларының командаларына несип етти. 2-орынды Жәмийетлик қәўипсизлик университети командасы ийелеген болса, сыйлы 1-орынды "Шер" командасы қолға киргизди.

    Жеңимпазларға диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates