Сапар даўамында жақсылаўды талап ететуғын жойбарлар, соның ишинде, музыка мектеби, тек ғана капитал оңлаў емес, ал ҳақыйқатында да жаңадан қурылыўды талап ететуғын объектлер көзден өткерилди.

"Геологлар" мәҳәллесиндеги балалар бақшасы солардың қатарына киреди. Ол реконструкцияланғаннан соң, Самарқандтағы ең ири мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине айланады ҳәм 600 ге шекем балаларды қабыллаў имканиятына ийе болады.

Сапардың жуўмағында Самарқанд ўәлаяты ҳәм район ҳәкимликлери басшылары менен ушырасыў өткерилди.

Әмелге асырылып атырған ҳәм режелестирилип атырған барлық жаңаланыўлар Өзбекстан Президентиниң басламасы менен аймақларды раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли системалы жумыслардың бир бөлеги болып есапланады.

Мен бул жерге турақлы келип, жәмәәтимиз бенен биргеликте жетекшимиздиң тапсырмаларын орынлаўға жәрдемлесемен, ҳақыйқый жағдайды есабатлар арқалы емес, ал өз көзим менен көремен,-деди Саида Мирзиёева.