Саида Мирзиёева Қарақалпақстандағы «Karakalpak BasaltWool» заводына барды

    Саноат[kk] 27 қараша 2025 232

    Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Қарақалпақстандағы «Karakalpak BasaltWool» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң заводында болды.

    Аймақта мәмлекеттиң санаат потенциалын беккемлеўге хызмет ететуғын жаңа объектлер ашылмақта.

    - Жергиликли шийки зат тийкарында энергияны үнемлейтуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер жаратыўымыз керек. Бүгин «Karakalpak BasaltWool» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен иске түсирилген базальт металынан ыссылық өткермейтуғын минерал плиталар ислеп шығаратуғын кәрхананың басшылары ҳәм қәнигелери менен усы ҳаққында сөйлестик. Өндиристи локализациялаў дәрежеси жергиликли шийки зат ҳәм материаллардан пайдаланыў есабынан 80 процентти қурамақта, - деди Саида Мирзиёева.

    Бул жойбардың әмелге асырылыўы аймақтың экспорт имканиятларын кеңейтеди, жаңа жумыс орынларын жаратады ҳәм Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына салмақлы үлес қосады.