Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырған илажда Әзербайжан, Армения, Беларус, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлериниң басшылары қатнасады.
Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы, генерал-полковник Б.Қурбонов басшылық етеди.
Болажақ форумда заманагөй қәўип-қәтерлер бойынша пикир алысылады, ҒМДА мәмлекетлери разведка хызметлери арасындағы шериклик қатнасықларын беккемлеў бойынша гезектеги қәдемлер додаланады.
Илажды өткериў орны ҳәм күн тәртиби 2024-жыл 26-ноябрь күни Москва қаласында болып өткен Мәжилистиң 20-мәжилисинде белгиленген еди.
Ушырасыў жуўмағында делегациялардың басшылары регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў шеңбериндеги бирге ислесиўдиң анық ўазыйпалары менен тийкарғы бағдарларын белгилеп алады.








