Дүньяның 180 нен аслам мәмлекетинен келген делегатлар биоҳәртүрлиликти сақлаў, сийрек ушырасатуғын түрлер саўдасын тәртипке салыў ҳәм тәбиятты қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шығыў ушын Самарқандқа жыйналады.
Илаждың дәслепки күнлеринде жоғалып баратырған түрлерди қорғаў, жабайы тәбиятты мониторинг етиўдиң заманагөй технологиялары, тәбияттан турақлы пайдаланыў ҳәм жаңа нызамшылық басламаларына бағышланған жалпы мәжилислер ҳәм онлаған арнаўлы сессиялар өткериледи.
Төмендегилерге айрықша итибар қаратылады: Самарқанд декларациясының презентациялары, ҳайўанлардың нызамсыз саўдасына қарсы илажларды додалаў, қаплан, сайғақ ҳәм басқа да қәўипсиз түрлерди сақлап қалыў мәселелери, инсан ҳәм жабайы тәбият арасындағы келиспеўшиликлерди азайтыў ушын тәбиятқа тийкарланған шешимлер.
Өзбекстан экосистемаларын тиклеўге қаратылған ГЭФ-8 жойбарының иске қосылыўы бағдарламаның әҳмийетли бөлеги болады.
Конференцияның екинши бөлиминде қатнасыўшылар акула, пил, панголин, теңиз түрлери, Орайлық Азияның сийрек ушырасатуғын пышық түрлерин сақлап қалыў бойынша трансшегаралық басламаларды көрип шығады.
Миллий стратегиялар, соның ишинде, Өзбекстанның Рамсар стратегиясы бойынша презентациялар, қәнигелескен комитетлердиң мәжилислери, илимий додалаўлар ҳәм сыйлықлаў мәресимлери өткерилиўи режелестирилген.
Жуўмақлаўшы күнлер жасаў орталығының сапа өлшемлерин турақлы раўажланыў сиясатына интеграциялаў, сондай-ақ, носорогларды сақлап қалыў ҳәм халықаралық тәбиятты қорғаў тармақларын күшейтиў бойынша әмелий илажларға бағышланады.
Әнжуман ўақтында Самарқанд тек ғана әҳмийетли қарарлар қабыл етилетуғын орын емес, ал дүнья жәмийетшилигиниң планетамыздың жабайы тәбиятын сақлап қалыў жолындағы бирлесиўиниң белгиси болады.








