Нызамшылық палатасының депутатлары Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Министрлер Кабинетиниң усынысына тийкарланып, Самарқанд районынан 170 гектар ҳәм Ақдәрья районынан 243 гектар жер майданы Самарқанд қаласының қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Мәжилисте қарар жойбары тийисли мәҳәлле пуқаралар жыйынлары, халық депутатлары Самарқанд қалалық, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районлары және ўәлаятлық Кеңеслеринде додаланып, шегаралардың картографиялық сызылмасы ҳәм шегара сызығының классификациясы мақулланғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, қарар жойбарында аймақтың шегараларын өзгертиў ҳәм онда белгиленген ўазыйпаларды системалы әмелге асырыў мақсетинде Ҳүкиметке комплексли илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.
Усы район ҳәм қала шегараларының өзгериўи менен "Ширин" заманагөй исбилерменлик орайы шөлкемлестирилип, бул аймақта 254 көп қабатлы турақ жайлар, 19 исбилерменлик ҳәм бизнес орайлары, 50 социаллық тараў объектлери, 89 кеўилашар ҳәм саўда комплекслери және тарийхый қалаша қурылады.
Буннан тысқары, аймақта 112 км ишки жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жоллары, 6 км жер үсти метро жолы, 2 үлкен көпир және 7,2 км ишки коммуникация ушын туннель, 180 км ирригация қубыры және 14 км канал ҳәм көплеген суўғарыў объектлери қурылады.
Депутатлардың пикиринше, киргизилип атырған өзгерислер келешекте халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Мәжилисте қарар жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.