Самарқанд ўәлаятында жылдың ақырына шекем 90 мың халық кәмбағаллықтан шығарылады

    Мәмлекетимиз басшысына 30-июль күни Самарқанд ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм жаңа режелер бойынша мәлимлеме берилди.

    Самарқанд - халқы саны ҳәм өсиўи бойынша республикамыздағы ең ири аймақ болып есапланады. Бул жаңа турақ жайлар, инфраструктура, жумыс орны, билимлендириў ҳәм медицинаға талап артады, дегени. Кейинги сегиз жылда ўәлаятта 1 мың 132 көп қабатлы турақ жай қурылып, 56 мың шаңарақтың турмыс шараяты жақсыланған. Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 21 проценттен 73 процентке, жоқары билимлендириўде 10 проценттен 45 процентке жеткен.

    Экономикада тоқымашылық, металлургия, электр техникасы, қурылыс материаллары, туризм жедел раўажланбақта. Дөретиўшилик, ири жойбарлар ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынлары халықтың ертеңги күнге исенимин арттырмақта.

    Ўәлаятта кәмбағаллық дәрежеси жыл басынан берли 7,5 проценттен 6,4 процентке азайған. Жылдың ақырына шекем 150 мың адамды жумысқа жайластырып, 90 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген.

    Өткен сегиз жылда аймақта санаат өнимлери 1,7 есеге өсип, ҳәзир 45 триллион сумнан артқан. Бирақ бул нәтийжелердиң 37 проценти Самарқанд қаласына, 23 проценти Жамбай, Самарқанд ҳәм Ургут районларына туўра келеди. Қўшработ, Паяриқ ҳәм Нурабадта санаат салыстырмалы раўажланбаған.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасына муўапық, Самарқанд ўәлаятында да "Реформалар штабы" дүзилди. Презентацияда исбилерменлердиң усыныслары тийкарында ислеп шығылған жаңа жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Мәселен, Нурабад районында 115 гектарда арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Ол жерде 472 миллион долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып, 1 мың 200 жумыс орны жаратылады. Қўшработ районында қытайлы инвестордың 40 миллион доллар тиккелей инвестициясы есабынан гранит тасын қазып алыў ҳәм қайта ислеў мөлшерленген.

    Булунғурлы исбилермен “in vitro” лаборатория шөлкемлестирип, картошка туқымы бойынша бренд жаратыўға кирискен. Районда 100 миллион долларлық биофармацевтика кәрханасын иске қосыў да режелестирилген.

    Улыўма, ўәлаятта 1 миллиард 200 миллион долларлық 14 жаңа жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде 12 мың жумыс орны, 82 миллион долларлық экспорт имканиятының ашылыўы нәзерде тутылған.

    Президентимиз бул басламаларды қоллап-қуўатлап, жойбарларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди. Ҳәр бир район ҳәм қаланың инвестициялық тартымлылығы ҳәм экспорт имканиятларын теңдей арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates