Туўылған күним мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, өзлериниң қызғын қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклерин билдирген сырт мәмлекетлердиң, ҳүкиметлердиң ҳәм парламентлердиң басшыларына, халықаралық шөлкемлердиң жетекшилерине, белгили сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге, исбилермен топарлардың ўәкиллерине, елимиздеги мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер, нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар шөлкемлериниң белсендилерине, исбилерменлеримизге, елимиздеги ҳәм сырт еллердеги барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылық билдиремен.
Мениң атыма жолланған бул қутлықлаў ҳәм тилеклерди, бәринен бурын, көп миллетли Өзбекстан халқы ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет-иззет, дүнья жәмийетшилиги менен тығыз биргеликте әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымызға, айдын келешегимизге исеним ҳәм итибардың көриниси сыпатында қабыл етемен.
Барлық баслама ҳәм бағдарламаларымызды бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға және бир мәрте шын жүректен перзентлик меҳирим ҳәм ҳүрметимди билдириўден бахтиярман.
Халқымыздың үлкен дөретиўшилик мийнети, күш-ғайраты менен Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм оны дүньядағы раўажланған мәмлекетлер қатарына алып шығыў бойынша өз алдымызға қойған уллы мақсетлерге әлбетте, ерисемиз.
Терең ҳүрмет ҳәм ең жақсы тилеклер менен,
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти









