Санаат кадрларын таярлаў орайы шөлкемлестириледи

    Келешекте бул орайды питкерген пуқараларымыз Өзбекстанның ири санаат кәрханаларында, қалаберсе, Корея Республикасындағы кәрханаларда да жумыс ислеў имканиятына ийе болады.

    Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен биргеликте Өзбекстанда "Санаат кадрларын таярлаў" жойбары әмелге асырылады. Бул ҳаққында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги баспасөз хызмети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, министр Ботир Зоҳидов Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң Өзбекстандағы офиси директоры Шин Мёнг Соп басшылығындағы делегация ағзалары менен усы жойбар бойынша жуўмақлаўшы сөйлесиўлер өткерди. Оған бола, жойбарды Өзбекстанда 2026-2032-жылларда әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

    Жойбар шеңберинде Санаат кадрларын таярлаў орайын шөлкемлестириў ҳәм Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларындағы Кәсиплик көнликпелер аймақлық орайларын модернизациялаў нәзерде тутылған.

    Келешекте бул орайды питкерген пуқараларымыз Өзбекстанның ири санаат кәрханаларында, қалаберсе, Корея Республикасындағы кәрханаларда да жумыс ислеў имканиятына ийе болады.

    Мағлыўмат ушын: KOICA шөлкеми тәрепинен "Санаат кадрларын таярлаў" жойбары Өзбекстан, Камбоджа ҳәм Вьетнам мәмлекетлеринен биринде әмелге асырылыўы режелестирилген еди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates