Сариосиёдағы мектеплерде лала тереги жетистирилмекте

    22 сәуір 2025 4243

    Бойы 15 метр, диаметри 3,5 метрге шекем созылатуғын бул теректиң 18 кг туқымлары Сариосиё районындағы 24-мектептиң бос турған жер майданына егилди.

    Биринши сүўреттеги өсимлик саяманлы лала тереги болып, тийкарынан Арқа Америкада жетистириледи.

    Лала терегиниң 1 кг туқымынан мың нәл алыў мүмкин. Бул терек сулыў көринис пенен бирге дәрамат дәреги де. Теректиң 1 дана нәли орташа 370 мың сумға баҳаланады. Қалаберди, агашынан мебель, музыка әсбаплары, радиоприёмниклер таярлаўда, аўыл хожалығы машина ислеп шығарыўда, қағаз санаатында кең пайдаланылады.

    Сарыосиё районындағы 24-мектеп тәжирийбеси өзин ақласа, келешекте аймақтағы барлық мектеплерде лала тереги жетистирилиўи нәзерде тутылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates