17-февраль күни Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оны Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Мәжилисте Сенаттың төртинши жалпы мәжилисин 2025-жыл 20-февраль күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Видеоконференсбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.
Атап өтилгениндей, сенаторлар пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў, исбилерменлик субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў, кредит мәлимлемеси алмасыўын буннан былай да жетилистириў, салық ҳәкимшилиги, жер участкаларынан пайдаланыў, қурылыс тәртиби, донорлық ҳәрекетине байланыслы және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған нызамларды көрип шығыўды режелестирмекте.
Соның ишинде, "Исбилерменлик субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Нызам исбилерменлик субъектлери тәрепинен финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, бизнести қаржыландырыўдың нәтийжели қуралларын енгизиў, пул талабынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў (факторинг) бойынша заманагөй нызамшылық базасын жаратыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, кредит мәлимлемеси алмасыўын тәртипке салыўшы нызам халықты кредитлеў тараўындағы алдаўшылық жынаятларынан қорғаў ҳәм өзлериниң хабарысыз олардың атына кредит рәсмийлестириў ҳәм аралықтан турып онлайн кредит қаржыларын шешип алыў жағдайларын сапластырыў имканиятын береди.
Жер участкаларынан пайдаланыўға байланыслы нызам мәдений дем алыў орынлары ҳәм басқа да жасыл зоналарды қорғаўдың беккем ҳуқықый тийкарын жаратыў, олардың аймақларын сақлап қалыў, лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырыў, жер участкаларынан пайдаланыў процесинде жер ҳәм қала қурылысы нызамшылығы арасындағы қатнасларды тәмийинлеў, сондай-ақ, олардан пайдаланыў мақсетлери үстинен қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.
Сондай-ақ, жалпы мәжилистиң күн тәртибинен суд, қамақтағылардың жазаны өтеўдеги ҳуқықлары, шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы нызамлар да орын алған.
Буннан тысқары, төртинши жалпы мәжилисте бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳәм оларға қосылыў мәселелери сәўлеленген нызамлар да көрип шығылады. Соның менен бирге, Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланады.