баннер
22 Mar 2025
21:35

    Сенатта Европа Аўқамының Өзбекстандағы Елшиси менен ушырасыў болып өтти

    Усы жыл 12-февральда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Европа Аўқамының Өзбекстандағы Елшиси Тойво Клаар менен ушырасты.

    Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Евроаўқамға ағза мәмлекетлер арасындағы стратегиялық қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

    ЕАның GSP+ системасы шеңберинде саўда, экономика, билимлендириў, медицина, инновация тараўларындағы бирге ислесиў жойбарларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын, гендер теңликти тәмийинлеўге ҳәм пуқаралық институтларының имканиятларынан кеңирек пайдаланыўға қаратылған жумыслар айрықша атап өтилип, бул бағдарда раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў бойынша пикир алысылды.

    Соның менен бирге, Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер менен парламентлераралық қатнасықларды күшейтиў ҳәм нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаўды жетилистириўге байланыслы бирге ислесиў бағдарламаларын жолға қойыўға келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech