Усы жыл 14-апрельде Олий Мажлис Сенатында "Өзбекстан - Европа Аўқамы" парламентлик бирге ислесиў комитетиниң 18-мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўге қаратылған тийкарғы бағдарлар додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести. 2025-жыл 4-5-апрель күнлери Самарқанд қаласында өткерилген "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити буның айқын көриниси сыпатында атап өтилди. Саммит нәтийжелери еки регион арасындағы қатнасықларды жаңа, стратегиялық дәрежеге алып шыққаны менен айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Сондай-ақ, Комитет мәжилисинде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, өз-ара инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм билимлендириў тараўындағы байланысларды тереңлестириў мәселелери додаланды. Соның ишинде, «Erasmus+» бағдарламасы арқалы өзбекстанлы жаслардың Европа мәмлекетлеринде билим алыў имканиятларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Европа Аўқамы мәмлекетлериниң кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги тәжирийбесин үйрениў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўде бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Мәжилисте экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, атап айтқанда, Аралбойы регионында экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартыў бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды. Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, регионаллық экологиялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги басламалар алға қойылды.
Европа Аўқамының ўәкиллери Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў, нызам үстинлиги, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған реформаларды жоқары баҳалады.
Мәжилис жуўмағында тәреплер "Өзбекстан - Европа Аўқамы" парламентлик бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилисин 2026-жылдың биринши ярымында өткериўге келисип алды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.