Жалпы мәжилистиң күн тәртибине жәмийетлик турмыс ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың әҳмийетли мәселелерине байланыслы бир қатар нызамлар киргизилген.
Атап айтқанда, "Пиротехника буйымларының айланысы ҳаққында"ғы, "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы, "Аз тәмийинленген шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызамлар, сондай-ақ, жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыўға байланыслы нызам көрип шығылыўы режелестирилген.
Буннан тысқары, жанылғы-энергетика тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў илажларын күшейтиўге, валюта ҳәм баҳалы металлар айланысын тәртипке салыўға, мәмлекетлик мүлкти меншиклестириў процесслерин жетилистириўге, орынлаў исин жүргизиў тәртибин әпиўайыластырыўға және аграр ҳәм экология тараўларындағы нызамшылықты буннан былай да раўажландырыўға қаратылған нызамлар да додаланады.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен халықты социаллық қорғаў системасын жетилистириў, атыз шетлеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жақсылаўға байланыслы нызамлар да көрип шығылады.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамоваға мәмлекетте шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша парламентлик сораў жибериў мәселеси де күн тәртибинен орын алған, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









