Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, оларда көп қырлы Өзбекстан - Сербия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланады.
Машина қурылысы, агросанаат комплекси, фармацевтика, мәлимлеме технологиялары, санластырыў, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда шерикликти беккемлеў дыққат орайында болады.
Шөлкемлескен мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылады. Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылады.
Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме келисимлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылмақта.
Александр Вучич усы ҳәптеде Самарқанд қаласында басланатуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында да ҳүрметли мийман сыпатында қатнасады.









