Шаңарақ – абадан жәмийеттиң биринши буўыны

    Шаңарақ - жанажан Өзбекстанымызда ҳәм пүткил дүньяда инсан өмириниң көшери, жасаў бахытының шадлығы ҳәм өмир мазмуны болған бийбаҳа қәдирият болып есапланады.

    "Ҳәр қандай инсан ушын әҳмийетли ҳәм муқаддес қәдирият - бул оның шаңарағы болып есапланады. Саламат ҳәм беккем шаңарақ - мәмлекеттиң таянышы ҳәм жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып есапланады. Үлкенлерге ҳүрмет, кишиге иззет, адамгершилик, мийрим-шәпәәт, ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы уллы пазыйлетлер бәринен бурын шаңарақта қәлиплеседи".
    Шавкат МИРЗИЁЕВ,
    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Шығыс көзқарасларымызда да бул қәдирият улуғланыўы, әсирлер даўамында сақланып, ўайран болмай келиўиниң себеби де шаңарағының халқымыз ушын ҳәмийше әўладтан-әўладқа өтетуғын руўхый мийрас, тийкарында өзине тән мектеп, руўхый байлық болып қалғанлығында.

    Шаңарақ ҳәм оның руўхый таянышы болған ҳаял-қызлар менен ислесиў бағдарында тек ғана 2025-жылдың өзинде тараўға байланыслы 6 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

    Президентимиздиң сөзи менен айтқанда "Шаңарақ киши ўатан, шаңарақ тыныш болса, бахытлы болса, ўатан тыныш болады...". Ҳақыйқатында да, шаңарақ қәдирияты ҳәр қандай халық, мәмлекеттиң тийкарғы күши ҳәм социаллық-ағартыўшылық қүдирети тымсалы болып есапланады. Шаңарақлар беккем ҳәм татыў болған ел раўажланады, абадан болады, адамгершилик, улыўмаинсаныйлық пазыйлетлер ҳәм жоқары қәдириятлар гүллеп-жаснайды.

    Өзбек шаңарақлары өзине тән миллий өлшем ҳәм бийбаҳа инсаныйлық мийраслар жәмленген қәдирият орны болып есапланады. Сонлықтан, шаңарақты сақлаў пүткил миллетти, оның барлық ағартыўшылық тәреплери, өлшемлерин сақлаў деген сөз.

    Усы мәнисте, орынларда ҳәр бир шаңараққа жетип барыў ҳәм мәнзилли ислеў мақсетинде республикадан мәҳәллеге шекем вертикал система енгизилди. Шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўда билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик ҳәм басқа да барлық тараўдағы реформалар бүгин әмелий нәтийжелерин бермекте.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша да шаңарақлық, миллий-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша концептуал ўазыйпаларды белгилеп берилди. "Жаңа Өзбекстан стратегиясы" китабында "Инсанға адамгершилик, жақсы минез-қулық, тәлим-тәрбия ҳәм улыўма, унамлы пазыйлетлерди үйрететуғын мектеп бул - шаңарақ", деп шаңараққа социаллық статус берилди.

    Мине, усы жоқары қәдириятты, киши ўатанымызды және де улығлаў, қәстерлеп сақлаў ҳәм жоқарылатыў бүгин мәмлекетимиздеги реформалардың түпкиликли мазмунын қурамақта. Бүгин мәмлекетимизде 10 миллион 300 мыңнан аслам шаңарақ бар. Соннан 2 миллионнан асламы жас шаңарақлар болып есапланады. Мине, усылардың ҳәр бирине мәмлекеттиң итибарында екенин сезиў, әсиресе, шаңарақлардың қушағында жасап атырған ҳаял-қызлар, перзентлеримизге айрықша меҳир ҳәм итибар көрсетиў барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер және пуқаралық жәмийети институтлары жумысының ең тийкарғы бағдарына айланды.

    Бүгин мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолында үлкен өзгерислер дәўири болып өтпекте. Жаңа руўхый мәкан жаратыў, жаңа Өзбекстанның әдеп-икрамлылық келбетиниң раўажланыўында шаңарақ ҳәм неке қатнасықларының орны ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Халқымызда "Қус уясында көргенин ислейди" деген нақыл бар. Демек, тәрбия шаңарақтан басланади. Сөзсиз, биринши тәрбияшы ата-ана.

    Мәмлекетимизде шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, ҳәр тәреплеме қорғаў мәселеси жаңа редакциядағы Конституциямыздың 76-статьясында беккемлеп қойылған.

    Бул бағдардағы жумысларды қысқаша жуўмақласақ, шаңарақты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында "Темир дәптер", "Жаслар дәптери", "Ҳаял-қызлар дәптери" сыяқлы социаллық бағдарламалар енгизилгенин, тек ғана 2024-жылы "Ҳаял-қызлар дәптери" системасы арқалы дерлик 1 миллион жәрдемге мүтәж ҳаял-қызға жәрдем берилгенин атап өтиў керек.

    Буннан тысқары, шаңарақлық исбилерменлик, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" принципи тийкарындағы реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызлардың бәнтлиги ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша үлкен әмелий жумыслар исленбекте. Соның ишинде, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы тийкарында 200 мыңға шамалас пуқараға 3,3 триллион сумнан аслам кредит ажыратылған.

    Шаңараққа ғамхорлық етиў сиясаты нәтийжесинде 2021-жылдан баслап турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж 2790 ананың арзан турақ жай ушын сатып алыўы ушын 49,7 миллиард сумлық басланғыш төлем пулы төлеп берилди.

    Бир қызды оқытсақ, пүткил шаңараққа билим берген боламыз. Егер шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, жәмийеттиң санасы, мәдений дәрежеси де жоқарылайды.

    Елимиздеги 200 ден аслам ЖОО студентлериниң 52 проценттен асламы (783 мың) ҳаял-қызлар болып есапланады. Өткен жылдың өзинде магистратурада оқып атырған 15 мыңға шамалас ҳаял-қыздың 100 миллиард сумға шамалас контракт пулы төлеп берилди.

    Ҳаял-қызлардың билим алыў имканиятын кеңейтиў, бул бағдарда жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-2024-жылларда жәрдемге мүтәж шаңарақлардан болған 10 мыңға шамалас ҳаял-қыз жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. 2022-2024-жылларда 397 мыңға 7 жыл мүддетке процентсиз 4,3 триллион сум тәлим кредити ажыратылды. Бундай ири санлар неден дерек береди? Әлбетте, мәмлекет тәрепинен шаңарақты қоллап-қуўатлаўға қаратылған үлкен реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бүгин тән алынып атырған 2000 "Ибратлы шаңарақ" усы механизмлердиң жемиси.

    Бүгин шаңарақ ҳуқықын қорғаўға медиативлик қатнас институты кирип келди. Шаңарақлық судялар системасы енгизилди. Шаңарақлық қатнасықлар, шаңарақлық-турмыслық зорлыққа қарсы нызам ҳүжжетлери жетилистирилди. Бул бағдарларға хызмет ететуғын 150 ден аслам шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайы шөлкемлестирилди.

    Ҳәр жылы 15-май Халықаралық шаңарақ күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Усы сәне мүнәсибети менен мәмлекетимизде де шаңарақлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, саламат жәмийет тийкарын беккемлеўге қаратылған кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылып келинбекте. Усы жылы 10-майдан 10-июньға шекем "Абадан шаңараққа қарай" айлығы өткерилмекте.

    Айлық шеңберинде шаңарақ институтын беккемлеў, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан жетик етип тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў және миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримизди алға қойыўға қаратылған бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте. Соның ишинде, "Шаңарақ институтын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери: абадан шаңарақ ҳәм турақлы келешек" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференцияны өткериў режелестирилген. Бул конференция қәнигелер, илимпазлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, илимий жуўмақлар тийкарында нәтийжели усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди.

    Сондай-ақ, Каттақорған мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өтетуғын "Шаңарақ - руўхыйлық ҳәм адамгершилик мәканы" атамасындағы илимий-әмелий конференцияда шаңарақлық тәрбияның әҳмийети, руўхый қәдириятларымызға садықлық ҳәм адамгершилик идеяларын әмелде көрсетиў мәселелери додаланады.

    Соның менен бирге, әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары арасында "Жаңа Өзбекстанның әскерий шаңарағы" таңлаўы шөлкемлестирилип, мәмлекетимиздиң қәўипсизлиги ҳәм турақлылығы жолында пидәкерлик пенен хызмет етип атырған инсанлардың шаңарақлық орталығындағы ибратлы тәреплерин кеңнен үгит-нәсиятлаў нәзерде тутылған.

    Бүгин елимиздиң барлық район ҳәм қала орайларындағы дем алыў бағларында "Шаңарақлар сейили" (OILAFEST) өткериледи. Онда "Ибратлы шаңарақ" көкирек белгисиниң ийелери, келин-күйеўлер, үлгили шаңарақлар қатнасады. Бундай илажлар шаңарақ институтына социаллық итибарды беккемлеўге хызмет етеди.

    Сондай-ақ, миллий липаслар көргизбеси арқалы өзбек кийим-кеншек мәденияты, әййемги дәстүрлер ҳәм заманагөй усылдағы миллий кийимлер үгит-нәсиятланады. Қызлар ушын атлас ҳәм адрастан таярланған липаслар, жигитлер ушын болса тақыя, қыйық, белбеў ҳәм шапан сыяқлы миллий кийимлер көрсетиледи.

    "Саламат шаңарақ ушын бирлесейик!" сүрени астында шөлкемлестирилетуғын спорт марафоны ҳәм "5000 қәдем" саламатландырыў илажлары шаңарақлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, физикалық белсендиликти арттырыўға шақырады.

    Буннан тысқары, "Шаңарақ балалар нәзеринде" атамасындағы сүўретлер көргизбеси арқалы балалардың шаңарақлық орталыққа мүнәсибети, дөретиўшилик көзқараслары сәўлелендириледи. Ҳәптениң белгиленген күнлеринде "Аўызбиршиликли шаңарақ" күни илажлары өткерилип, шаңарақларға ҳуқықый ҳәм психологиялық хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, бийпул медициналық тексериўлер шөлкемлестириў белгиленген. Бул болса ўатанласларымыздың өз өмири ҳәм денсаўлығына жуўапкершилигин арттырыўда оғада әҳмийетли.

    Бул баслама ҳәм илажлар арқалы "Абат шаңараққа қарай" айлығы шаңарақ институтын беккемлеў менен бирге жәмийеттиң руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан раўажланыўы, турақлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Айлық шеңберинде өткерилип атырған ҳәр бир илаж мәҳәллелерде "Ҳаял-қызлар дәптери" тийкарында ислеў, шаңарақ машқалаларын үйрениў, социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаўға қаратылған сәўбетлер ҳәм руўхый-ағартыўшылық ушырасыўлар жәмийетимизде шаңарақтың орны шексиз екенин аңлатады.

    Ағартыўшы алым Абдурауф Фитраттың "Шаңарақ" китабындағы "Ҳәрбир миллеттиң бахыты ҳәм абырайы, әлбетте, сол халықтың ишки тәртиби ҳәм татыўлығына байланыслы. Тынышлық ҳәм татыўлық мине усы миллет шаңарақларының тәртибине сүйенеди. Қайсы жерде шаңарақ қатнасықлары күшли тәртипке тийкарланған болса, мәмлекет ҳәм миллет те соншелли күшли ҳәм уллы болады", деген сөзлер бүгин де өз қәдирин жоғалтпаған. Сонлықтан, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети өз жумысын келешекте де мине усы принциплер тийкарында алып барады.

    Елимиздеги барлық шаңарақты усы айда белсенди болыў, руўхый ҳәм миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, перзент тәрбиясында жуўапкершиликти және де арттырыў, жәмийетте татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў жолында белсене қатнасыўға шақырамыз.

    Усы ҳәптеде ибратлы шаңарақларға көкирек белгилери тапсырылды. Усы жылы бул нышанға усыныс етиў ушын орынларда 50 мыңнан аслам шаңарақтың ҳүжжети көрип шығылды. Республикалық комиссия 5500 арзаны ҳәр тәреплеме үйренип, 2000 шаңарақты мүнәсип деп тапты. Шаңарақты қоллап-қуўатлаўға қаратылған ақылға уғрас сиясаттың нәтийжеси сыпатында ҳәр жылы 208 шаңарақ "Ибратлы шаңарақ" көкирек белгиси менен сыйлықланған болса, быйыл сыйлықланғанлардың саны сезилерли артып, 2000 ға жетти.

    Бул шаңарақларға көкирек белгиси менен бирге ақшалай сыйлық тапсырылады, олар жасайтуғын турақ жайға ҳүрмет белгиси орнатылады. "Ибратлы шаңарақ" көкирек белгиси тек ғана сыйлық емес, бул - жәмийеттиң тән алыўы, елдиң пәтиясы, әўладлар ушын үлги болатуғын мийрас.

    Бүгин елимиздеги барлық жәмийетлик-сиясий реформалардың орайында инсан ҳәм оның қәдири мәселеси тур. Ҳәр бир инсан шаңарақта өседи, камал табады. Шаңарақ қаншелли беккем болса, жәмийет соншелли турақлы болады. Абадан шаңарақ - абадан жәмийеттиң биринши буўыны, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў бәршемиз ушын мақтанышлы миннет.

    Зулайҳа МАҲКАМОВА,

    Бас министр орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates