Таңлаўдан тийкарғы мақсет - жас журналистлер ҳәм блогерлердиң
дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў, заманагөй медиа қураллары арқалы
Ўатан, ғәрезсизлик ҳәм елимиз турмысын тәсиршең сәўлелендириўге хошаметлеў,
сондай-ақ, сапалы видеоконтент жаратыў мәдениятын раўажландырыўдан ибарат.
Таңлаў үш бағдар бойынша өткерилди: профессионал дөретиўшилер ушын
"Ең жақсы видеоролик", "Жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған
ең жақсы видеоролик" ҳәм "Мобилография тийкарында жаратылған ең жақсы
видеоролик". Онда 18 жастан 30 жасқа шекемги жас журналистлер ҳәм
блогерлер өзлериниң дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты.
"Мақтанышлы жол" таңлаўы ҳаққындағы дәслепки жәрияланыўдан баслап дөретиўшилик жумыслар
2026-жыл 28-августқа шекем қабыл етилди. Усы дәўир даўамында қатнасыўшылар
тәрепинен түрли темаларда, заманагөй қатнас ҳәм креатив идеяларға тийкарланған
видеороликлер усынылды. Таңлаў процеси, дағазалар ҳәм әҳмийетли басқышлар
Өзбекстан Журналистлер аўқамының рәсмий Telegram каналы арқалы турақлы жарытып
барылды.
Келип түскен
дөретиўшилик жумыслар профессионал төрешилер қурамы тәрепинен белгиленген критериялар
тийкарында көрип шығылды. Қатнасыўшылардың идеясы ҳәм мазмунды ашып бериў
шеберлиги, көркем шешим, монтаж, дөретиўшилик қатнас және заманагөй медиа
талапларына сәйкеслигине итибар қаратылды. Ҳәр бир дөретиўшилик жумысты қалыс
ҳәм әдил баҳалаў тийкарында ең мүнәсип жумыслар таңлап алынды.
Таңлаў
жеңимпазлары белгиленген өлшемлер тийкарында анықланып, мүнәсип дөретиўшилик жумыслар
сыйлықланды. Жеңимпазларды салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти. Оларға
белгиленген саўғалар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Буннан соң
Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзалығына усыныс етилген бир топар
журналистлерге Аўқам ағзалық гүўалықлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Сондай-ақ, илаж
шеңберинде "Журналист" көркем фильми көрсетилди.
"Мақтанышлы
жол" видеороликлер таңлаўы Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35
жыллығы мүнәсибети менен жас журналистлер ҳәм блогерлердиң дөретиўшилик жумысларын
қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы
Мәлимлеме хызмети